“Кел пахтакеш” - Толыбай Қабулов сөзи | "Kel paxtakesh" qosıǵı [Qaraqalpaqsha qosıq]
Толыбай Қабулов сөзи Ғаний Аманиязов намасы Оригинал атқарған: Тамара Дошумова _________________________ “Кел пахтакеш” Кел пахтакеш,қǝдирданым, Кел сүйейин қолларыңнан. Сайран етип аӯыл бағын, Гүл терейин, жолларыңнан. Саатлары сазлар шерткен, Минутлары даңқ дөреткен, Күндей жайнап, шадлы өткен, Ҳǝр бир күн, ай, жылларыңнан. Шын мийнеттиң шертип сазын, Пахтазарда қурдың бǝзим, Жедделенип қысыӯ-жазы, Иске жǝӯлан урғаныңнан. Көксиңдеги күндей орден, Өңген нышан маңлай терден. Алтын сеӯип, алтын терген, Өнерли он бармағыңнан… Гүл терейин, жолларыңнан. #qqbyai#qaraqalpaqsha
Название:
“Кел пахтакеш” - Толыбай Қабулов сөзи | "Kel paxtakesh" qosıǵı [Qaraqalpaqsha qosıq]
Категория:
Разное